БАҚЫРЫЎ
Қарақалпақша
ф. Қатты даўыс шығарыў.
Бекман бақырыўы менен оларға барып жетти (Б.Бекниязова).
Баланың шыр-пыры шығып бақырып жылады (А.Бекимбетов).
Молда ерксиз бақырып жиберди (Ж.Аймурзаев).
Дәрўазаның алдында саз даўыс пенен бақырды («Қырқ қыз»).
Гейбир шайыр қолға қәлем алғанда, «Сулыўлық» деп бақырады — салғаннан (И.Юсупов).