⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАҚҚАЛ

Қарақалпақша

ат. Майда-шүйде сатыўшы. Жигиттиң көрки сақалды, Қаланың көрки баққалды (ққ.х.қ.). Чай, қант сатқан баққаллар, Қырмызы шалы үйирген («Ер Зийўар»). Бул күни балалардың көбиси күтә аўыр хызметте болады: биреўлер қуўырдақхананын отын жағады, биреўлери нанбайхананың нанын тасыйды, биреўлери дүканшы баққаллардың усак-түсек жумысын ислейди (Н.Дәўқараев).