БАҚҚЫ
Қарақалпақша
кел. 1. Белгили бир орынға байланған, от-жем берип тәрбияланған, бағылған, көбинесе жылқыларға айтылады.
Баққы көрген бедеўлер, Жеңип шықты жыйынды («Қырқ қыз»).
Баққыда турған еки ат жатырқағандай қайшы қулағын тикирейтти (К.Султанов).
Баққыдан шығарып, Үйшинлерин сайлап, Полаттан суўлық шайнатып, Өр қояндай ойнатып, Достын алдына салып, Алпамыс қалмақтың тойына келди («Алпамыс»).
2. аўыс. Ҳәзил-дәлкек ретинде айтылады.
Аман-есен жүрсиз бе, Тилеўдиң баққы кемпири (Қарақалпақ фольклоры).