⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАҲА

Қарақалпақша

ат. 1. Бир нәрсениң заттың (товардың) қуны, және де ақша менен ямаса бир затқа тендестириў арқалы көрсетилген қаржы. ...бәлки, сатып алған бақасынан артық сатып пайда да қыларман, — деди ол (Қ.Айымбетов). 2. Бирэўдиң ямаса бир нәрсениң сапасын белгилэў ушын берилген мәни. Мухаббат нәзик өжетлик сыпайы жигиттиң бақасын арзандатады (К.Султанов). Бул иске агрономдар келип жақсы бақасын берди (Н.Дәўқараев). Дүньяға сынаўды көзим менен бақа беремен (Ж.Аймурзаев). 3. Оқыўшылардың билим дәрежесиниң көрсеткиши етип, оның үлгериўине қойылатуғын цифрлы белги, балл. Солай етип, күнделик дәптерине жаңа-жаңа бақалар түсти (Т.Қайыпбергенов). Үлгериўим жүдә жақсы, барлық сабақтан «4», «5» бақа менен оқыйман (А.Бекимбетов). Барлығынан бес бақасын аламан, Қосықтан да сени қайран қыламан (И.Юсупов). 0 Бақа жетпеў — жүдә қәдирли, қымбатлы, жоқары, қунлы. ...ертекшилерге бақаның жетпеўи соннан ибарат, олар өзлерин халықтың ылайықперзенти етип көрсетти (Н.Дәўқараев). Мойынында алтын тумары, Өзи жеткен баҳалы қыз (Әжинияз). Жетерли баҳа алармыз, Жетисер даңқ та, әлбетте (Г.Есемуратов). Баҳасы жоқ — баҳасы жоқары, қунлы. Әкеси балаларына баҳасы жоқ бир нәсият берипти (ққ.х.е.).