БЕЖИРЕЙИСИЎ
Қарақалпақша
ф. Бежирейиў фейилиниң шериклик дәрежеси.
... бир-биреўине бежирейисип қарасады да, соң кишипейиллигин ким бурын көрсеткейлиге жарысқанда тек бас ийзеседи (О.Әбдирахманов).
Аспандағы жулдызлар түн ишиндеги жолаўшыдан жол болсын сорағандай бежирейисип, суўық күшейген сайын масайрап жымыңласады (Т.Қайыпбергенов).