БЕЗ I
Қарақалпақша
ат. 1. анат.
Тири жанзаттың жасаўы ушын зәрүр болған затлар ислеп шығаратуғын көп клеткалы ағза.
Қалқан тәризли без.
Лимфа безлери.
Асқазан асты бези.
Ишки секреция безлери.
- лимфа безлериниң ҳәм иммун ағзаларының искерлиги жақсыланады (газетадан).
Көплеген кеселликлер (жүрек қан тамыр, ишки секреция безлери, нерв кеселликлери) адамның ериншеклиги, өзиниң саламатлығына итибарсызлығы себепли болады (газетадан).
2. Усы ағзаның кеселлениўи нәтийжесинде искен, томпайған ҳалаты.
Оның тамағындағы бези үлкейип кетти... (газетадан).
3. Емшек сүт безлери.
0 Без бүйрек аўыс. Ҳеш кимге мийрими жоқ, жақсылық қылмайтуғын, ысығы жоқ, тасбаўыр.
Паҳ, өзиң де безбүйрек екенсең-аў! (Ш.Сейтов).