⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЕЗГЕК

Қарақалпақша

ат. Денени қатты қыздырып, дирилдетип, тоңдырып аўыртатуғын жуқпалы кеселлик. Оны ысытпа, қалтыратпа деп те атайды. Безгек - адам өмири ушын қәўипли, паразитлер келтирип шығаратуғын кеселлик болып, адамларға сүйир шыбынлар арқалы ҳәм наўқасқа қан қуйылғанда ямаса қан менен зыянланған медиңиналық әсбаплар ислетилгенде, сондай-ақ, ҳәмиледар ҳаялға безгек кеселлиги жуқса, оның ҳәмилесине де қәўип больш, туўылыў ўақтында жуғыўы мүмкин (газетадан). Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң маглыўматына қарағанда ҳәр жылы дүнья жүзинде 350 миллион адам безгек кеселлигин жуқтырады екен (газетадан).