⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЕЗИЎ

Қарақалпақша

ф. Қашыў, үмит үзиў, тойыныў, шығынып кетиў, қапа болыў, жалығыў. Бала бул жерден де безип, басқа бир қалаға барса, адамлар жыйналып ўаз айтысып дәўир қус ушырып отыр екен (ққ.х.е.). Ой ақылсыз Палўан-ай, сен Жәмийладан емес, балаңнан да бездиң ғой, мынаўың журттан асқан тас баўырлық емес пе? (Ө.Айжанов). 0 Биротала безиў - кейнине айланбаў, қол үзип кетиў. Мен енди көкнар дегеннен пүткил безгеним болсын (С.Хожаниязов). Уйқыдан безиў - уйқысы келмеў, уйқыға берилмеў, уйқысы қашыў. Тек ғана жалғыз Гүлайша уйқыдан безип отыр (Т.Қайыпбергенов). Безип кетиў - түңилип кетиў, қашыў, үмит үзип кешиў. ...сорлы муҳаббат ушын дүньядан безип кетиўге таяр (Р.Тагор). Елинен-журтынан безиў - отырған елин, халқын таслаў, қол үзип кетиў. Елден безип, таўды гезип қанлы аўыз, Баспашы болып жүрген екен сол жаўыз (И.Юсупов). Жанынан безиў - өмиринен, тиришиликтен, дүньядан үмит үзген, жанын аямаған, жаннан кешк