БЕЛЛЕСИЎ
Қарақалпақша
ф. спорт.
1. Гүресиў.
Сонлықтан да, беллесиўдиң биринши бөлимин қорғаныўда жүрип, қарсыласының усылларын үйрениў менен өткерди (газетадан).
Бул беллесиўдиң де басын табыслы баслағаны менен, алдын алынған жарақаты беллесиўди ақырына шекем алып барыў имканиятын бермеди (газетадан).
2. Айқасыў, гүресиў, шайқасыў.
Гүресип, беллесип душпан жықпасаң, қара жерге қазық қылып қақпасаң (Әтеш).
Мықлы менен беллес, әззиге асылма (К.Султанов).
3. Аўыс. Билимдер беллесиўи.
- Билимдер беллесиўинде жеңимпаз болыўыма бириншиден устазым жақыннан жәрдем берди (газетадан).
Беллесиў барысында маған нәшебентлик қаққында тема түсти (газетадан).