⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЕЛСЕНИЎ

Қарақалпақша

ф. Жигерлениў, бел байлаў. Тайын турыў, тақ турыў, күш пенен кирисиў, ғайратлы түрде умтылыў, ғайратланыў. Әсен: — Ата биринши гезекти маған бер? — деп белсенип турады (ққ.х.е.). Сизлерди тарығып қысылған соң жаўшыға белсенип қарсы турыўға мәдерим болмаған соң шақыртып отырман (К.Султанов). Қыйын ис түссе жеңеди, Белсене турып алысқан (Б.Қайыпназаров).