⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЕНДЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Адам баласы, адамзат. Алғыс алған ҳарымас, Бийсабыр бенде мандымас («Мәспатша»). Қайдан жүрсең, турсаң деген ҳеш бенде болмады («Алпамыс»). — Мәтжан иним, ондай демең! Әжел келсе, бир Алладан, бендеден кәриўге болмайды (З.Қайнарова). Әси кетсем қайттым, тәўбе еттим, бендени жарылқаў, жазалаў яратқанның иси, — деди ишинен сыбырланып (М.Нызанов). 2. Биреўге қараслы, бағынышлы, қарамағында болыў. ...үш күннен бери усыманда бенде болып жатырмыз (Б.Бекниязова). Өз елимде қайнап тасып толыппан, Ойласам ерким жоқ бенде болыппан («Алпамыс»). Сәҳәр ўақга қырлы дүпәң атылды, Бенде болып түстим қолым шатылды (Әжинияз). 0 Бенде етиў — қул қылыў, қараслы қылыў, зорлап қол астында жүмсаў. ...қызларды бенде етиптимиш (Ж.Аймүрзаев). ...баспашылар қолына илинген халықты бенде етип өз елине айдайды (Б.Исмайлов).