⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИЙ I

Қарақалпақша

ат. гөн. с. 1. Бурын халқымыз урыў ақсақалын бий деп атаған. Ол әййем заманлардан солай аталып келип, оннан үлкен ҳәмел болмаған. Мыс: Майқы бий, Асан бий, Амангелди бий, Айдос бий, Маман бий хәм т.б. — Бул гүллән Қыпшақтың қәдирданы Шалкийиз бий, — деди Халықназар жайғасып отырып атырып (К.Мәмбетов). Избасар баҳадыр сөйлемеди, лекин ол Байқошқар бийден нәзерин алмады (Т.Қайыпбергенов). ... даў-жәнжеллерди тек ғана бий шешетуғын еди (Қ.Ирманов). 2. Ҳәзирги күнде ҳәр бир киши мәҳөлледе, көше бойынша яки көп қабатлы жайлар да (ҳәр бир жайдың) бий болады. Ол сол кишигирим аймақты әдиллик пенен басқарыў ушын жергиликли пуқаралар тәрепинен сайлап қойылады. — Енди, жасы үлкен, көше бийи, мереке сизики, соның ушын жигитлериңизди шақыр да, мына ықтырмаңды буздыра бер (М.Нызанов). Ал, көше бийи сен не усыныс билдиресең? Бул жигит бизиң аўылдың бийи, — деди артта турған биреў (Қ.Ирманов).