⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИЙЗАР

Қарақалпақша

кел. Безиў, түнилиў. Сөзин хошламаса да Сәлийма Жәмийланы бийзар етип, мазасын алды (К.Султанов). Кең болсын жарлыға бермесин азар, Азар көрсе болар өз бириң бийзар (Қ.Ирманов). 0 Ата бийзар — биреўден жүдә түңилиў, кеўли қалыў, жаман адам. Өлтир ата бийзар нәлетги! — деген даўыс шықты (газетадан). Бийзар болыў — зеригиў, жалығыў. Суртайшадай қалмақтан, Халық бийзар болады («Қырқ қыз»). Бийзар етиў, бийзар қылыў — жалықтырыў, зериктириў, мазасын алыў. Суўда жүрсең батып-шүмип, Бийзар қылып, ошақ теўип (Әтеш). Жаман қатын бийзар етер ел-халқын, Сөйлескенде жақсы менен тең болар (Әжинияз).