БИЙНЕ
Қарақалпақша
ат. Мәни, жағдай, аўҳал, жөн-жосақ, жөни.
Қаражан ат үстинде зәңгиге ширенип, ...патшаға көргениниң бийнесин айтып, бес-алты аўыз сөйлеп турған усайды («Алпамыс»).
Дүньяда айрықша ушқыр бийдайық, Сулыўлық бийнеси ҳәммеге пайық («Мәспатша»).
Көкиректе жоқ ҳеш гийнеси, Адамға усар бийнеси, Душпан екен әжийнеси, Камал улы Камил келди (Бердақ).