⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БИЙПАЯН

Қарақалпақша

кел. Паянсыз, шексиз, ушы-қыйыры жоқ, үзликсиз, питпейтуғын, шубалаңқы, пайдасыз. Оғымыз кетпесин дүзге бийпаян, Рәҳим әйлегей халық еткен субҳан («Қоблан»). Таң қалады Арыслан, Бундай болған иелерге, Ақыры жоқ бийпаян («Қырқ қыз»). Ойласаң бул дүнья бийпаян екен, Душпан иси халыққа көп зыян екен (Бердақ). Паный дүнья ақыр саған бийпаян, Залым Ораз, неден болды гүнайым (Омар).