БИЛИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Философияда дүньяны, барлықты билиў, түсиниў, пәмлеў.
Билиў — бул адамның тәбиятты сүўретлеўи болып табылады (П.Сейтов).
Диалектикалық логика билиў ҳаққындағы тәлиймат болып табылады (П.Сейтов).
2. Түсиниў, таныў, сезиў, анлаў, байқаў, уғыныў, хабардар болыў.
Бир қарағаннан-ақ бул адамның жүзин китап оқығандай билип алдым (Ж.Аймурзаев).
Ҳаяллар билди сол ўақыт, Билди тайғанын бахыт, Бәледен болыўға сақыт, Бир илажын еткен екен (Бердақ).
Дегенинди қабыл көрип, Инандық пайданы билип (С.Мәжитов).
3. Қолынан келиў, атқара алыў, ислей билиў, бежере билиў.
Секретарь да бир қарағаннан истиң көзин билетуғын адамды да таный алатуғын киси еди (Ө.Айжанов).
...булардың тийисинше қоллана билиўде усыл, шеберлик зәрүр (Г.Есемуратов).
4. Буйырыў, басқарыў, буйрық қылыў, ҳәмир етиў.
Мийнетти жастан сүйе билиў керек (Т.Қайыпбергенов).
... оны тек бах,алай билиў керек (Г.Есемуратов).
Жата алмайман, билиң, бирақ Сизлер жүрген жерге бармай (И.Юсупов).
Мен де турман «ойың не?» деп сирә бир, Теңиз айтар сүңгип маржан ала бил (И.Юсупов).
Қәдирин билиў - әҳмийетин билиў, әдиўлеў, ҳүрметлеў, сыйлаў, сыйлай билиў.
Суўға кеткенлердиң қәдирин билип, Ата-анам да бир шуқым қуў қалмады (Әтеш).
Түсине билиў — бабын табыў, жөнин билиў, жағдайына түсиниў.
Өмирди түсине билген, Адамға тазалық керек (Х.Турымбетов).
Қызлардың батыр екенин, Көлмақлар түсине биледи («Қырқ қыз»).
Не ислерин билмэў — албырап қалыў, албырақлаў.
...албырағанымнан не ислеримди билмей отырман (К.Султанов).
Билиў керек — түсиниў керек, анықлаў керек, байқаў керек, сезиў керек.
Билмек керек усы сөзди, Оқыў басқа, ойын басқа, Ҳәр қайсысьшың ўақты бар, Дүбелейден қуйын басқа (С.Мәжитов).
Жүзип билмэў — суўда жүзиўди билмеўшилик.
Бәлким, ол растан да жүзип билмеўинен суўға ығып кеткен шығар (А.Бекимбетов).
Есин билмэў — а) ой-өриси раўажланбаў, ержетпеў, толыспаў, жас болыў.
- Бәрин де сорастырды, бирақ есин билмеген жас баланың мийинде бәри тура бере ме (А.Бекимбетов).
б) еси аўып қалыў, жығылып қалыў, жығылыў, қулаў, мийи айланыў, ҳәлсиреў, майырылыў.
Тула бойым түршигип, бирден есимди билмей қулап қалыппан (ғазетадан).
Не болғанын билмэў — өзин-өзи услап тура алмаў, есин билмеў.
Не болғанымды билмей, өзимди де дурыс бийлей алмай бақырып жиберип, ырашқа қарай тура қаштым (А.Бекимбетов).
Не дерин билмэў — жуўап қайтара алмаў, сөйлей алмаў, үндемеў.
...Айымхан Дәулетке тиклене қарағанда Дәўлет не дерин билмей қалды (С.Хожаниязов).
Не қыларын билмэў — ислейтуғын исин билмэў, ислемей қалыў, албыраў, ойланып қалыў.
Есиктен киргенимде маған таңлана қарап еди, не қыларымды билмей жүзимди төмен қараттым (Ж.Аймурзаев).
Сырын билмэў — мәнисине түсинбеў, билмеў, жағдайын билмеў, андамаў.
Ҳәзир ол жаңа қурамның сырын билмегенликтен өзин сыртқа алып, сын көз бенен қарайды да, тек отыра беретуғын болды (С.Хожаниязов).
Ҳеш нәрсе билмэў — түсинбеў, билмеў.
Және оның ҳаялы туўралы жеткиликли ҳеш нәрсе билмегенликтен тартына баслады (Т.Қайыпбергенов).
Қандай екенин билмэў — түсинбеў, сезбеў, анықламаў.
Үйиңизге киргенше күйэўимниң ким екенин, түри-түсиниң қандай екенин билмедим, көрмедим (А.Бекимбетов).