БИЛИНИЎ
Қарақалпақша
ф. Сезилиў, байқалыў, ашылыў, көриниў, танылыў, анық болыў, белгили болыў.
Көп кешикпей келиншектиң еки қабат екени билинди (Ө.Айжанов).
Туўрылық журтқа билинип, Халықтың аўызына илинип, Елге сүйкимли көринип, Ҳәр сөзди мақтап жақ болар (С.Мәжитов).
0 Билип қалыў — сезип қалыў, сезиў, көриў, көрип қалыў, анықлаў.
Усының менен не айтпақшы болып турғанымды ертеңги күни билип қаласыз (Р.Тагор).
Билип алыў — байқаў, сезиў, таныў, көриў.
Шопан барлық аўхалды билип алады да, байдан бурын орнына келип тура береди (ққ.х.е.).
Билип қойыў — таныў, сезиў, байқаў, анықлап қойыў.
Екеўимиздин арамыздағы дослықты, кемпир- ғаррының билип қойғаны шеп болмас (Ө.Хожаниязов).