БИРИНШИ
Қарақалпақша
с. 1. Қатарлық санлық.
...биринши класстың барлық китапларын, қәлем-қағаз ҳәм сыя дәўет алып қайттым (А.Бекимбетов).
Геннадий сентябрь айының басында биринши классқа окыўға барды (А.Бекимбетов).
Олардың бири урыстың биринши күнлеринде-ақ қаҳарманларша қаза тапты (Т.Қайыпбергенов).
2. аўыс. Ең жақсы, ең алдынғы, ең мықлы, алдынғы қатардағы, алдағы.
Азат жақсы оқыйды, класс бойынша биринши бала (газетадан).
Жазба поэзияның ең биринши баслаўшысы XIX әсирде жасаған шайыр Жийен Тағай улы болды (Н.Дәуқараев).
Неше азаматлар төбелес еткен, Нешесиниң иси таяққа жеткен, Қолда ең биринши жарағы кетпен, Бул жәнжелге ҳәмме қайран болдылар (Бердақ).