⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОЗ III

Қарақалпақша

1. Боз торғай ат. Буўрыл, ақшыл түсли қус. Бир боз торғай бирден пыр етип көтерилди (С.Салиев). Атыздағы боз торғай пыр-пыр етип, ушып-қонып, шырылдап, сайрап, уядағы жез қанат, жас палапанына қурт-қумырсқа тамақ излеп жүр (газетадан). 2. Боз тарлан — Буўрыл, ақ түсли хайўанат, жанлы-жаныўарлар. Ушып кеткен боз тарланым келипти, Сизге, бизге бүгин өлсек әрман жоқ («Алпамыс»). Әмет минген боз тарланды ойнатып, Минип сулыў полат суўлық шайнатып (И.Юсупов).