БОЗИНГЕН
Қарақалпақша
ат. Өркеши айры, ақшыл ана түйе.
Қой қылып қумырсқамды қозы бақтым, Қозыңды боз инген қылъш мен бозлаттым (ққ.х.қ.).
Боз ингендей бозлаў — еңиреп жылаў, боз болып жылаў, қыйналып жылаў.
Суўық хабарды еситип, Боз ингендей бозладым («Мәспатша»).