⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОЙЛАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Белгили бир суйыклықтың, терендиктиң, бийикликтиң өлшемин билиў, шенин, мөлшерин байқаў, басқа бир нәрселердиң бойы менен билиў, өз бойы менен тереңликти өлшеў, бойын жиберип көриў. Түсип Қара теңизге, Мантықпастан бойлады («Қырқ қыз»).... сайыз жерде суўды бойлап тик турды (А.Бекимбетов). Нешше бир ойды ойлады, Тереңге түсип бойлады (Бердақ). 2. Бир нәрсени жағалап жүриў, белгили бир нәрсениң бағдары менен жүриў. Көше бойлап бир атлы киятыр (Т.Қайыпбергенов). 0 Аўыл бойлаў — аўыл арасында жүриў. Сулыў қосық аўыл бойлап жаңлайды, Гармонь даўысы түсиреди таңдайды (И.Юсупов). Тамыр бойлаў — өсимликлердиң тереңге тамыр урыўы, тереңге кетиўи. Терең бойлап тамыр урып, Жапырағын жел тербеткен (И.Юсупов). ...тамыры тереңге бойлап кеткен гүжимлер менен қоршаўды (Н.Бөрекешов).