БОЙЛЫ
Қарақалпақша
кел. 1. Бойы узын, бойшаң.
Ғош жигитке намыс керек, ар керек, Бойлы, сынлы назлы нигәр яр керек (Бердақ).
2. Киши, келте, орта, қысқа, узын, бийик тағы басқа анықлаўышлар арқалы бойды белгилеў ушын қолланылады.
Орта бойлы, кең қушаклы жанды алған, қара көзи («Мәспатша»).
...ол узын бойлы ма, томпақ па, ақ бозлақ яки кара торы ма, қысқасы, оның қандай қыз екенин көргим келди (Ө.Хожаниязов).