⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОЙЫНША

Қарақалпақша

к.с. Соның менен, солайша, әдетинше, түринде, себеби, себебинен, сондықтан, солай болса да, деген менен. Бул бойынша оның өмиринде толып атырган эпизодлар бар (Қ.Айымбетов). 0 Әсирлер бойынша - даўамынша, бәрхама, мудамы. Бул әсирлер бойынша жасайды (Н.Жапақов). Тәжирийбе бойынша — усылы менен, даналығы менен, уқыбы менен. Дийқан жерди таныйды, тәжирийбе бойынша (Б.Қайыпназаров). Қарары бойынша — қарары менен. Ҳәзирше кешеги бюроның қарары бойынша дән планды орынлаўға күш салыңлар (Т.Қайыпбергенов). Буйрығы бойынша — буйрығы менен, буйрығына муўапық, буйрығына тийкарлана отырып. Сержанның буйрығы бойынша отын терип келди (Т.Қайыпбергенов).