⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОЛДЫРЫЎ I

Қарақалпақша

ф. Жүзеге асырыў, әмелге асырыў, иске асырыў, ис жүзине асырыў. Болмас исти болдырсақ, Сонда таныйды ер деп (Б.Қайыпназаров). Ғәрезиң бар еди соны болдырың, Олжаладың, алдың малға толтырдың (Қ.Ирманов). О Мурат-мақсетин болдырыў — тилегин, орманын, ойлаған ойын орынлаў, ойына жетиў. Қайғыға кеўлин толтырды, мурат-мақсетин болдырды («Мәспатша»). Сүйиўшиликти болдырыў — жақсы көриўшилик, қызығыўшылық. Демек, аўыда беккем турақлы сүйиўшиликти болдырыў тийкарғы мәселе болып табылады (Г.Есемуратов). Қызығыўшылықты болдырыў — инталылық, кеўли кетиўшилик. ... оларда аўыл хожалығы жумысларына қызығыўшылықты болдырыў да әдеўир тәрбиялық әхмийетке ийе (Г.Есемуратов).