⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОЛЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Өз алдына айырым жекке қолланылмайтуғын, басқа бир сөзге қосылып қолланылатуғын көмекши фейил. Оқыўшысынын сөзине рийза болған Изимбетов мыйығын тартыўы менен орнынан турып кетти (Т.Қайыпбергенов). Азаннан бери қырманды кеўилге тоқ етип, быйыл қыс азық жетер деп, мәзи-майрам болып отырған дийқанлардың бирден қолы истен суўып кетти (К.Султанов). 2. Белгили бир орында жүриў. Бул ўақыя гөне Төрткүлде болып еди ҳәм оның болғанына көп жыллар болды (Қ.Айымбетов). Назарханда болған ўақытларда да баспашылар анталасып, аш қасқырдай тимискиленип бизлерди аңлып жүрди (газетадан). 3. Жетеди, жеткиликли, тамам. Болар ис болған (Т.Қайыпбергенов). 4. Қандай, қанша, қалай, қандай жағдай, ким екенлигин ҳәм тағы басқаларды билдириў ушын қолланылады. — Усы бағ жылдан-жылға көркем болып баратыр, — деди Сәўле (С.Хожаниязов). Ўақыт әдеўир болып қалса керек (А.Әлиев). Себеби, бул адам аўыр жынаятшының қолынан өлген болыўы керек (А.Бекимбетов). «Куў дала»дағы хожалықтың күн көриси қызық болды (Ж.Аймурзаев). 5. Тез, жылдам, дәрриў. Арзыў тезлик пенен барды да, шаққанлык пенен кийинип болды (Ж.Аймурзаев). Қыз-жаўанлар аўқатланып, дәрриў чай ишип те болды (Ж.Аймурзаев). 6. Көмеклесиў, жәрдем бериў, көмек бериў. Бул әмелий жәрдем болды (Г.Есемуратов). 7. Тилекти, әрманды билдириў. Ана ҳәўли менен мына ҳәўли бир болғай, Шарқыпәлек арасында гүл болғай (ққ.х.қ.). 8. Аяқлаў, питиў, тамамлаў, ақырына шығыў — Үйлендиң бе? Үй-жайлы болдың ба? — деп сорады жетимнен, — Болдым, — деп жуўап берди (Ж.Аймурзаев). — Оны да ишип болдың ба? — деп сорады жетимнен, — Болдым, — деди ол (Ж.Аймурзаев). 9. Мәртебе, жетисиў, ойындағысы болыў, кеўилин жәмлеў. Мине, усы күннен баслап, Абдулла патшаға ўәзир болады (ққ.х.е.). 10. Сәтсизликке, бақытсызлыққа ушыраў. Адамдар бул майданда зая да болған (С.Хожаниязов). Әттең, батыр гезеўли оққа тап болды, Ана жүреғинде питпес дақ қалды (К.Султанов). 2. Айырым мәкемеге басшылық етиў, баскарыў, меңгериў. ... емлэўханада бас врач болып ислейди (Ж.Аймурзаев). Ҳәзир колхоз бағында агроном болып ислейди (Ж.Аймурзаев).