⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОЛЫС

Қарақалпақша

ат. гөн.с. 1. Патшалық Россия ўездиниң бир бөлими есапланған ески административлик-аймақлық бөлиниў, волость. Мен уры, қарақшы емеспен, усы болысқа қараслы пуқара едим (Қ.Әўезов). 2. Усындай бөлиниўдин (волостьтың) басқарыўшысы, менгериўшиси, баслығы. Сен билесең бе, жоқ па, оның дайылары болыстың үстинен арза беремиз деп, анаў бир жылы Шымбайға атланысқан (Ө.Айжанов). Келипти болыс ақсақал, Оларға сойыпты көп мал (Бердақ). Болысқа сайланған томпайып урты, Таяқ тислеғендей соррыйған мурты (Омар).