БОРАН
Қарақалпақша
ат Суўық, қақаман, ысырапыл, аяз, күшли самаллы даўыл Боран ишин жалаған маллардың иштейи ашылды (К.Султанов) Оған тәсир етпес ҳеш қандай боран, Қысы-жазы көкке жазар қушағын (Ш.Мәмбетмуратов) Қарлы боран — уйытқып турған қарлы самал, жел Булағайлы қарлы боран түнлерде, Зарланады «саў қойғай» деп баламды! (Т.Жумамуратов) Қарлы боран қатты суўық, Жанға әжел келди жуўық (Д.Қасымов) Үргин боран — қардың уйытқып суўытыўы, даўыл болыўы, қардың үргинлеп жабыўы Шыдар үргин боранда, Бирин бири таслап кетпес (Ж.Аймурзаев)