⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОСАСЫҚ

Қарақалпақша

ф. 1. Кеўли жай болыў, жуўасыў, ериў, балқыў. Атамураттың жанына батса да фермадағы маллар ойына түсиўден босасты (Ө.Айжанов). Нурбай конвертке қарап турып, мисли баласын көргендей босасты (А.Бекимбетов). 2. Бир нәрсениң жибисиўи, ояныўы. Азлап суўық самал тек тереклердиң босасқан усақ шақаларын билинер-билинбес шайқап турса да, жерде ҳеш билинбейди (Ә.Шамуратов). 3. Былқылдаў, сылқылдаў, ириў, былшыраў, солыў. ...Қосыбай зил кирген қаўындай босасқанда заңқылдақ қазы Есен ортаға түсип, мысқыл етти (К.Султанов). 0 Кеўли босасыў — жумсарыў, елжиреў. Зояның айтқан сөзине ҳәм бул ғамхорлығына Тимурдың кеўли босасып елжиреп кетти (А.Бекимбетов). Тула бойы босасыў — ериў, балқыў, жибисиў. ...Ҳүржан еки көзин изден айырмай жыламсырап тула бойы босасып жерге отырды (А.Бекимбетов). Жердиң босасыўы — тоңның ериўи, жибиўи, жумсарыўы. Суў толтырып жаптың кенарын, Тонлар жибип, жерлер босасты (М.Қарабаев).