⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОСАҒА

Қарақалпақша

ат 1 Есиктиң киретуғын төменги жери, атлап киретуғын жер Еплеп босағадан атлап едим, еле диңкем енбеген екен (Ө.Хожаниязов) 2 Қара үйдиң ернегиниң астындағы бекитилип қойылған жерге кесесине қойылған ағаш Босаға бийик боз орда, Босағам жатыр бир жерде, Алтыннан еткен уўығын, Шашылып жатыр ҳәр жерде, Шаңырақ жатыр бир жерде («Қоблан») Босағасын борлатқан Маңдайшасын отаўдың, Маржан менен торлатқан («Ер Зийўар») 3 Күннен-күнге, айдан-айға өтиў, жылдан-жылға, дәўирден-дәўирге өтиў, бир басқышқа өтиў Бул не десем, жети жыллық дабылы жаңа жылдың босағасынан атлаў, (К.Султанов) 4 Өтиў дәўири Өзбекстан XXI әсир босағасында (И.Каримов)БОСАНЫҚ ф. 1. Бостандыққа шығыў, еркин жүриў. Булар патша алдынан босағаннан соң, саў-саламаг үйлерине қайтады (ққ.х.е.). 2. Босаныў, шешилиў. Босанып кетип үйге келген шығар деп ойлап, Балтабек үйине келген еди (Қ.Ирманов). Босанған ер күш бермеди, Өткир қылышын сермеди (Бердақ). 3. Жумыстан шығарыў, босатыў, шығарып жибериў. Семья суды Узақбергенди ақырында колхоздың председательлигинен босаныўға алып келеди (Г.Есемуратов). 4. Балқыў, жибисиў. Еритип ләби бәқәрдиң, қыс қурсағы босанды (К.Султанов). 5. Бала туўыў, көз жарыў, қаялдың босаныўы. Жоқ, бийкешим, еле оған ертерек, босаныўға еле күним жеткен жоқ (Г.Есемуратов). 0 Босаныса бериў — жуўасыў, ырайынан қайтыў, жибисиў. — Айт ондай болса, — деп қыз қәҳәринен қайтып кем-кем босаныса берди (ққ.х.е.).