БОТАНИКА
Қарақалпақша
ат. Өсимликлер дүньясын изертлейтуғын илим.
Ботаника пәни.
Ботаника сабақлығы.
Мысалы, ботаника — өсимликлердиң раўажланыў нызамлықлары менен шуғылланады (П.Сейтов).
«Ботаника»дан бир семестр сабақ өттиңиз.
Есиңизде ме, собыкды егинлер қайсылар, масақлы егинлер қайсылар деп ортаға саўал таслап, өзиңиз жуўабын айтар едиңиз (М.Нызанов).
0 Ботаника бағы — илимий-изертлеў, оқыў-өндирислик ҳәм мәдений-ағартыў мәкемеси болып, өсимликлерди үйрениў ҳәм өсириў ислери менен шуғылланады.
Гүлден-гүлге, мийўеден-мийўеге ушып қонып жүрген ҳәр түрли түстеги шырайлы гүбелеклер ботаникалық бағдың жанлы коллекциясын көз алдына елеслетеди (А.Бекимбетов).
Ботаника бағы бөлимшесине бөлим аты берилди (газетадан).