⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БОТИНКА

Қарақалпақша

(р. ботинка < фр. botte - етик) Қонышы тобықтан өтип тирсекке келетуғын баўлы яки замоклы аяқ кийим. Жалаңаяқ киятырғанларына енди ботинкаларын кийип алыў туўра келди (Т.Қайыпбергенов). Сайымбет жолаўшының аяғындағы жаман-жаман, ултаны шыжым менен шандылған қонышлы ботинкасын шешип, есик бетке зынғытты (Ш.Сейтов).