БРЕЗЕНТ
Қарақалпақша
(гол.
presenning < лат.
praecingere — ораў) ат. Жуўан, тығыз етип бөз яки пахтадан иеленген, суў өткермейтуғын ҳәм ширимейтуғын қалың материал.
Суў яки қардан сақданыўда арнаўлы үст кийимлер, аяқ кийимлер, сондай-ақ, шатыр (палатка), чехолларды ислеп шығарыўда пайдаланылады.
... машинаның брезентин әкелип оның үстине жапты (М.Чимбергенов).
Көп шатыр да брезенттен курылған, Ким оқыды, ким отырды, ким жатты (Т.Сейтжанов).... брезентлерди өртке қарсы суйықлық пенен дәрилениўине итибар қаратылмақта (газетадан).