БРЕНД
Қарақалпақша
(ингл.
brand - тамға, белги) ат. 1. Товар белгиси.
Саўда маркасы.
Белгили бир компанияның конкурентлеринен айырып туратуғын белгиси.
2. Ең жақсы, заманагөй, сапалы товар, өним... пайтахтымыздағы «Нөкис-Реммаш» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы Кореяның «SAMSUNG» бренди астында ислеп шығарылып атырған техника куралларының сапасы қәттеки, сырт ел өнимлери менен бәсекиге шыдамлы десек асыра айтқан болмаймыз (газетадан).
Ырасында да, шет елде мың түрли парфюмерия өнимлери ислеп шығарылады ҳөм олар бүгин ең белгили брендлерге айланып үлгерген (газетадан).