⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУЗАЎ

Қарақалпақша

ат. Сыйырдың жас баласы, төли. Алдында аяғы қатпаған бузаўы жыйырылып жатыр (Ө.Айжанов). Сыйыр менен бузаў екеўи бир жерде байлаўлы тур (Т.Қайыпбергенов). Бузаў, баспақ танаға, Бизлер тири турғанда, Ким суғады ағажан, Ҳарам қолын жағаға (Бердақ). 0 Бузаў тилли қамшы — ишине өзек салынып төрт қырлы етип өрилген қамшы. Бузаў тилли қамшысын, Алды бай қолына («Мәспатша»), Култай баба қосынан шығып қарап турса, ер жүўени арқасында, қундыз соппас басында, жаў қуралы белинде, бузаў тилли қамшы дәстинде, кеўли тасып ҳалласлап, манлайдан тери тамшыдан киятырған баланы көрди («Алпамыс»).