БУЗАЎБАС
Қарақалпақша
ат. Қоңыздан гөри узынлаў, күндиз жер астында болып, түнде ушып шығатуғын жәнлик.
Ҳәр жер, хәр жерде шырылдаған бузаўбастың, жылқышы менен байыўлының, анда-санда мөңиреген мал даўыслары еситиледи (Ө.Хожаниязов).
Мысалы кумырска, бузаўбас сүйреген яңлы болып, батырды зинданға жықты («Алпамыс»).