БУЗАЎЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Сыйырдың бузаў туўыўы, балалаўы, төллэўи.
Мениң қолымдағы 8 сыйырдың жетеўи ғана бузаўлады (Ж.Сейтназаров).
Сыйырлардың аман бузаўлаўы ушын барлық мүмкиншиликлерди болдырып, қадағалап күтиў исин тутас алып барыў керек (Ж.Сейтназаров).
2. аўыс. Жердиң жақсы өним бериўи, көп дән, зүрәәт бериўи, көп өнимли болыўы.
Бозлардың бузаўлап, ортаң толысып, Исиң раўаж алып баратыр, Қоңырат (И.Юсупов).
«Боз бузаўлар» дегендей, өним берер жер екен (Б.Қайыпназаров).