БУЗЫҚЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. Зулымлық, жаўызлық, ҳарамылық.
Жайылмаған журтқа залым кийеси, Үмитсиз бузықлық иси бар екен (Омар).
Олардың жүрген жигитлери бузықлықты қылып жүрди (Қ.Ирманов).
Баспашы болып ел талап бузықлық қылып жүргени болмаса, шаймалықты қойып кеңес ишине белгисиз кирген (газетадан).
0 Бузық нийет - жаман тилек, жамандық етиўши, ҳарамылық.
Айсәнемди ақ көкирек десем бузық нийет екен (Ж.Аймурзаев).