⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУКЛЕТ

Қарақалпақша

(ингл. booklet — китапша) Күнделикли емес баспа түри болып, кең жәмийетшиликке түсиникли, қолайлы болыўы ушын аңсат ашылатуғын (түпленбеген, папкада емес), бүгилип, жыйналған түриндеги басылым. Көрсеткиш, мағлыўматнама, сондай-ақ, рекламалық характерге ийе болған басылым түри.... «Суўдан абайлы болың!» буклетлерин тарқатып, итибарсыз шомылыўдың кери тәсирлери хаққында түсиниклер берип, үгит-нәсият жумысларын алып бармақта (газетадан).... көплеп ушырасыўлар, дөңгелек стол сәўбетлери ҳәм семинар-тренинглер өткерилип, халыққа 5572 дана буклетлер тарқатылды (газетадан).