БУЛАЎ I
Қарақалпақша
ат. гөн.
с. 1. Емниң бир түри, аўырыў адамды терлетиў жолы менен емлеў ушын қолланылатуғын ески усыл, көк шөпти қайнатып соған ыссы орап жатқарыў, малдың ыссы терисине ораў.
...буларды тәўиплер аўырыў адамларды булаўға салатуғын еди (газетадан).
2. аўыс. Қыйналғанда, қысылғанда шығатуғын тер.
Дәрт үстине дәрт қосылып, Түсти бундай булаўға («Қырқ қыз»).
Усындай ойлар көз алдымда елеслеп, ашыў қысып, булаўға түскен адамдай, аяғымның ушына дейин тер қуйылды да кетти (Г.Изимбетов).