БУРЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бағытын өзгертиў, аўмастырыў, бет алдын өзгертиў, бағыт бурыў.
... аттың басын гүзар жолдан дәрьяның жағасына бурды (К.Султанов).
- Онда жүр, өзиң, - деп Қудияр атының жылаўын қағып, басын аўылға бурды (К.Султанов).
Қайықтың басын бурып, ыққа баслады (А.Бегимов).
2. Болысыў, жақлаў, куўатлаў, жәрдемлесиў.
Бузылған соң өристеги үйириң, Туўысқанға бурып тур-аў бүйирим (Күнхожа).
Мениң төгилген көз жасыма баўырман бурғанына кеўлимнин елжирегенине барлық халық таң қалды (Ж.Аймурзаев).
3. Ҳақыйқатлықты айтпаў, ҳәзилге айландырыў, дәлкек етиў, дурысын айтпаў.
Шақалақ атын күлип жиберип, шынын айтпай сөзин басқа жаққа бурады (Ж.Аймурзаев).
Қәмекбайдың өзине кеўил аўдарғанын билген Караматдин түлкидей сөзди басқа жаққа бурды (Ж.Аймурзаев).
4. Айланба, айланыш, дығырық, бурылыс.
Бала-шағасын шуўлатып, бурыў жол менен батпақлы, қамыслық шөллердиң жалғыз өткелине бағдар алған еди (Қ.Доспанов).
0 Бет бурыў — бағдарын өзгертиў, өзгериў, айныў.
Бахытқа қарай бурыў десе бурыў (Т.Қайыпбергенов).
Сондықтан ол дәлкекке айландырмақшы болын, бетин бурды (М.Абдраймов).
Мойын бурыў — тартыў.
Патша сонда мойын бурды, Жәлладлары тикке турды (Т.Жумамуратов).