⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУРЫШТАЙ

Қарақалпақша

кел. 1. Бурыш сыяқды қызарыў, бозарыў. Бет аўызым да бурыштай болып кетти ме деймен, тырысып баратыр (Т.Қайыпбергенов). 2. қ. мүйештей. 0 Қызыл бурыштай дөниў — қызыл бурыш сыяқды болыў, қызарыў. Сөзди айтып Өмирбайдың, Қызыл бурыштай дөнип жүзи, Үйден шығып кетти ойланып, Масаладай жанып көзи (Ж.Аймурзаев). Бети бурыштай қызарыў - бурыш сыяқды болып қызарыў, бозарыў, уялыў, қысыныў. Иштеги ашыўға оның еки бети бурыштай қызарып, көзлери аларып, тула бойы қалтырап кетти (А.Бекимбетов).