⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУҒАЎ

Қарақалпақша

ат. 1. Кисен, шынжыр. Қолындағы тәсписин, Ол мойнына салғанда, Буғаў мекен дегенсең («Коблан»). 2. аўыс. Зулымлық, аўырманлық, езиўшилик, қаттылық, мийримсизлик. ... хаял-қызлар ол заманда көп азап-ақыретлерди көрсе де, дин буғаўында уялшақлыққа салып көп аса жанына батқанлары болмаса, көрген азапларының көбин сыртқа шығарып айтпайтуғын еди (Қ.Ирманов). 0 Буғаў салыў - кисенлеў, шынжырлаў, жүўенлеў бәнт етиў. Күш қосып сонда қалмақлар, Мойнына буғаў салады («Қырқ қыз»).