БУҒЛЫҒЫҚ
Қарақалпақша
ф. Сөйлей алмай қалыў, тутлығыў, қырылдаў, тығылыў.
Буғлығып сонда сөйледи, Пайғамбарға жалынып («Қырқ қыз»).
Анда-санда буғлығып демин алады (Н.Дәуқараев).
Ашыўға шыдамай буғлығып Мәуленге бираз сөзлерди айтып тасладым (Ө.Хожаниязов).