⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БУҒЫНЫҚ

Қарақалпақша

ф. Түйиниў, байластырыў, түйиншиклениў, белге белбеў байлаў. Туўмай кеткир туўылды, Белине садақ буғынды («Мәспатша»). Белин беккем буғынып, Тағы да қүшин жыйнады («Қырқ қыз»). 0 Буғынып-түйиниў - тайын турыў, тақ турыў ҳәмме затты байластырып тайын турыў, таяр болыў. Буғынып-түйинип атырған баққалдың үстине ақ сәллели, қапа сақаллы Мүптилла ийшан келди (Н.Бөрекешов).