БУҒЫҚЛЫ
Қарақалпақша
кел. Байлаўлы, таныўлы.
Ишке кирсем, бизиң колхозға тийисли газеталар менен хатлар бир бөлек буғыўлы тур (Ө.Хожаниязов).
Шананың үстиндеги буғыўлы шомниң биреўин алып, астыларына басып дөгереклей отырды (М.Абдираймов).
0 Аўызы буғыўлы — түйиўли, байлаўлы, таңыўлы.
... Қәдирбай камзолының ишки кисесинен нағысланған, аўызы буғыўлы әмиян қалтасын шығарып, үлкен мақтаныш пенен күлимсиреп Ережеп моллаға көрсетти (А.Бекимбетов).