⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЫЛШЫРАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Жибисиў, суўласыў, жумсарыў. Шамураттың аяғындагы жарасы ыссы менен суўласып былшырап кетти (Ө.Айжанов). Не де болса тегин емес, хаўлығып ишке жуўырып кирсе, Асқарбай майкишең, көз жасы мурнының суўына қосылып, бети-аўызы былшырап, өз маңдайына өзи тоқпақлап, өли жоқлаган қатындай айтынып жылап отыр (Ш.Сейтов). 2. Сөйлей алмаў, гәпти толық айта алмаў, былжырықтаў. ...келген бала жумысын айта алмай былшырап не айтарын билмей турды (Ә.Шамуратов). 3. Көп сөйлей бериў, аўызы тынбаў. — Аўызың былшырап көпире бергенше исиңди қыл! (Ш.Сейтов).