⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БЫЛҒАЎЫШ

Қарақалпақша

ат. 1. Шарық кулағын айландырыў ушын иеленген қәлемше ағаш. 2. Ыссы қазанға дәнди қуўырғанда күйип кетпес ушын оны араластырып былғап туратуғын узынлығы бир метрдей таяқтың ушына шүберек оралған қурал, әсбап. 3. Маллардың, әсиресе қойдың қуртлаған жериниң қуртын алыў ушын бир қарыстай ағаштың басын жалпақ етип иеленген әсбап, қурал, қәлемше.