БЮЛЛЕТЕНЬ
Қарақалпақша
1. Сиясий-жәмийетлик әҳмийетке ийе ўақыя, мәселе, ислердиң қысқа рәсмий хабары, баяндамасы.
Съезддиң бюллетени айырып қойылды,... (газетадан).
2. Жәмийет ҳәм шәлкемлердиң турақлы (периодлық) информациялық баспасының атамасы.
Бул материал өз алдына айырым бюллетень болып шықты (газетадан).
3. Сайлаўда даўыс бериў қағазы.
Онда сайлаўға усынылған талабан яки талабанлардың фамилиясы, аты көрсетиледи.
Сайлаў бюллетени.
Бюллетенди сайлаў қутысына таслаў.
Сайлаў участкасына барып хәр бир адам бюллетень қағазын салыў ўазыйпасы (газетадан).
Депутатты шақырып алыў бойынша жасырын даўыс бериў бюллетенинде оның фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси, лаўазымы (жумыс түри) көрсетиледи (газетадан).
4. мед.
Кеселликке байланыслы мийнетке, жумысқа жарамсыздығы қаққында берилетуғын қағаз.
Бюллетень алыў.
Бюллетень бойынша пул төлеў.
Ол бюллетенин жақында ғана тапсырды (Ө.Айжанов).
Сол сапары Шамурат өтирик бюллетень аштырып бармай қалғанда, сөз жоқ мен биринши болатуғын едим (М.Нызанов).