БҮГЕЖЕНДЕЎ
Қарақалпақша
ф. Епкейиў, бүкирейиў, еңкейип жүриў, қыйсанлаў, ийменлеў.
Олардың кейнинен бираз кемпир-ғарры да бүгеженлеп баратыр (Г.Есемуратов).
Соң және бүгеженлеп қойлардың арасына сүңгип кетеди (Ө.Хожаниязов).
Қуныш «Ассалаўма әлейкум, аға»лап, қос қоллап қолын созып, Лепеске қарай бүгеженлеўи менен жуўырды (Қ.Мәтмуратов).