БҮГИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсениң шетин қайырыў, қайырып тигиў, бүклеў, көклеў.
Куўыршағына көйлек тигип, Қыйсық жерин қайта сөгип, Етек, жеңин тегис бүгип, Кийиндирип сайлаған соң (С.Мәжитов).
2. Еңкейтиў, қыйсайтыў, иймейтиў, ийилдириў.
Онда басқа ғаррылардай бел бүгиў, ҳаса таяныў деген жоқ (А.Бекимбетов).
Көзим жасқа, кәўилим ҳәсиретке толып, Қарамай белимди бүктим мен бүгин (И.Юсупов).
3. аўыс. Жасырыў, қупыялаў.
Сырын бүгип сулыўлығын асырып, Бурқып атыр булақ суўын қашырып (Г.Есемуратов).
Сүйее қызғыш яңлы қорғар ышқысын, Ишке бүгип калмас өз қызғанышлығын (И.Юсупов).
0 Дизе бүгиў — а) дизерлеп отырыў, еңкейиў, иймейиў.
Сол заматта аўылының қыз-келиншеклери менен Мийирхан да жерге дизе бүкти (Ө.Хожаниязов).
б) бағыныў, қараслы болыў, бас ийиў.
Палўан бийҳуўыш болып кетти де келиншектиң алдына да дизесин бүкти (Ө.Айжанов).
Жети насырын бүгиў — уялтыў, қысындырыў, намысын келтириў.
Адамның жети насырын бүктиң ғой (К.Султанов).
Намысын бүгиў — қысындырыў, уялтыў, намысын келтириў.
...булар бизлердиң намысымызды бүкти (Қ.Айымбетов).